Композитор Қ.Заретдиновтың 70-жыллық кешеси

04.03.2021 09:30

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қурбанбай Заретдинов қарақалпақ халық қосықшылығына, музыка көркем өнерине ҳәм де Қарақалпақстанда симфониялық оркестрдиң бүгинги күнги жетискенликлерине оның раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған устаз, композитор ҳәм бас дирижёр.

25-февраль күни Нөкис қалалық 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Қ.Заретдиновтың 70-жыллық кешесине бағышлап кеше шөлкемлестирди. Кешеге бир қатар көркем өнер ғайраткерлери, мектеп оқытыўшы ҳәм оқыўшылары қатнасты.

Кешеде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының симфониялық оркестри ҳәм мектеб халық сазлары камер оркестри тәрепинен композитор Қ.Заретдиновтың дөретпелеринен дүзилген концерт көрсетилди.