«Тәнҳа қайық» драмасы

24.02.2021 09:46

16-17-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры саҳнасында «Тәнҳа қайық» драмасының премьерасы болып өтти.
«Тәнҳа қайық» драмасы бүгинги күн жәҳән машқаласына арналған Арал теңизиниң қурып кетиўи, экологик апатшылық болғаны менен де туўған елге болған муҳаббат темасыда сәўлеленеди.
Бас қаҳарман Арал баба туўған жерге меҳри бөлек, ертең жақсылықтың жеңисине ериседи, Арал әлбетте қайтады деп өзи ҳәм әтирапындағыларды исендиреди. Оның ойынша инсанияттың жақсы тәрепке өзгермегенинше Арал толмайды. Биз өзимизге деген исенимлилик пенен батыллықты қәлиплестириўимиз керек, сол арқалы келешек әўлад усы жаман қәсийетлерден аўлақ болып өседи